27Sep-2024
«Китапқумар китапты емес китап китапқумарды излейди»
Тахтакөпир районы Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен «Китапқумар китапты емес китап китапқумарды излейди» сүрени астында районымыздағы «Өзбекстан» АПЖ да жайласқан МШ ҳәм МББ не қараслы 9-санлы мектепке көшпели китапхана шөлкемлестирилди. Бул жерде қәнийгелер оқыўшыларға Мәлимлеме-китапхана орайы ҳаққында мағлыўмат берилип, оларға китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын асырыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериўлери ушын китапханамыз қорында бар болған жазыўшы — шайырларымыздың китаплары менен таныстырылып, китап оқыўға ҳәм китапханамызға ағза болыўға шақырды.
