03Jul-2026
Орай жиберген жәлладлар ҳәм бийгүнә қурбанлар

📖 Жазыўшы Әбдибай Қарлыбаевтың «Орай жиберген жәлладлар ҳәм бийгүнә қурбанлар» китабы заман арпалысында дөҳмет қысыўметине гириптар болған ел перзентлериниң дағдарыслы тәғдирлери ҳаққында сөз етеди.
Өзбекстанға, соның ишинде Қарақалпақстанға Орай тәрепинен жиберилген гейпара көзсиз басшысымақлардың ел-журт ишинде ала-аўызлық туўдырып, бийбастақлық етип, берекетимизди қашырғаны сыр емес. Нешше сан мың жазықсыз азаматлар гдляншы жаўызлар тәрепинен жөнсиз ақыретленип, биймезгил көз жумды, сатқынлық қурбаны болып, жәбир-жапалар шекти.
Романдағы көпшилик ўақыялар ҳүжжетлер тийкарында жазылған.
✅Тахтакөпир районы Мәлимлеме-китапхана орайы фондынан орын алған, келип оқып қалыўыңызды усыныс етип қаламыз.
Социаллық тармақларымызда сизлерди күтип қаламыз
Telegram | https://t.me/taxtalib_uz
Telegram | https://t.me/taxtakitapxanasiiii
Facebook | https://www.facebook.com/profile.php?id=61576867507548
YouTube | http://www.youtube.com/@taxtalib_uz4686
Website| https://taxtalib.uz