27Sep-2024
“Китапқумар китапты емес китап китапқумарды излейди”
Тахтакөпир районы Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен “Китапқумар китапты емес китап китапқумарды излейди” сүрени астында районымыздағы “Өзбекстан” АПЖ да жайласқан МШ ҳәм МББ не қараслы 9-санлы мектепке көшпели китапхана шөлкемлестирилди. Бул жерде қәнийгелер оқыўшыларға Мәлимлеме-китапхана орайы ҳаққында мағлыўмат берилип, оларға китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын асырыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериўлери ушын китапханамыз қорында бар болған жазыўшы – шайырларымыздың китаплары менен таныстырылып, китап оқыўға ҳәм китапханамызға ағза болыўға шақырды.
