30Oct-2025
Xalqabad
Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шаўдырбай Сейтовтың «Халқабад» роман-тетрологиясы қарақалпақ прозасындағы ең қунлы дɵретпелерден бири есапланады.
«Шар бузыў» ҳәм «Машақатлы асырымлар» деп аталған биринши ҳәм екинши романда бир қарақалпақ аўыл мысалында мәмлекеттеги 1928-1930-жыллардағы сиясий ҳәрекетлер, Кеңес ҳүкиметиниң Қарақалпақстанда алып барған колхозластырыў сиясаты ҳәм оның ақыбетлери, социаллық турмыс ҳәм жәмийет ўәкиллериниң арасындағы қарама-қарсылықлар, жекке инсанлардың бир-бирине уқсамаған ɵмир жоллары, таң қаларлық тәғдирлери, қыян-кести ўақыялар шеберлик пенен сүўретленген.
«Ѳрден қырғыннан соң» деп аталған үшинши китабында автор қарақалпақлар арасында «Ѳрден қырғын» атанған 1937-жылғы Сталинлик үлкен репрессиядан соңғы ғулғылалы жылларды сүўретлейди.
Тɵртинши китап – «Атланшап» романында халқымыз ɵтмишинде ғана емес, пүткил дүнья тарийхындағы ең аўыр жыллар – Екинши жәҳән урысы жылларындағы ўақыяларды сүўретлеўге бағышланған.
Бул еки китап та «Халқабад» роман-эпопеясының әдепки еки китабының даўамы, бунда да сол романлардағы қаҳарманлар, персонажлар санасының ɵсиў эволюциясы, гүреслери, тәшўишлер, тәғдирлери заман тәғдири менен байланыста сәўлеленеди, заман буларды, булар заманды раўажландырып барады, аталар эстафетасын балалары алып, илгерлеўин даўам етеди. Авторға тән лиризм, драматик, психологиялық мәўритлердиң шебер сүўретлениўи, жатық тил оқыўшысын жалықтырмайды.
Кɵп санлы китап оқыўшыларынаң пикирин есапқа алып қайтадан басып шығарылды.