09Apr-2026
КЕЛЕШЕККЕ ИСЕНИМ ҲӘМ ҮЛКЕН ҚӘДЕМЛЕР ТИЙКАРЫ

Елимизде қос байрам, сиясий ҳәм тарийхый сәне, яғный, буннан 33 жыл алдын социаллық-сиясий орталықта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети тәрепинен дүзилген Конституциялық комиссия Конституция жойбарын ислеп шығып, 1993-жыл 9-апрель күни Жоқарғы Советтиң 12-шақырық 12-сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў ҳаққындағы Нызамына қол қойды.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик герби ҳаққында”ғы Нызам 1993-жыл 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХII сессиясында қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигин аңлатады, ал, Конституция мәмлекетимиздеги жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳуқықый ҳүжжет болып, оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басқа нызам ҳǝм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етиледи.